Шымбай районлық Кеңесиниң он жетинши сессиясы

Шымбай районлық Кеңесиниң он жетинши сессиясы

14.12.2020 18:21:59 641 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары  Шымбай  районлық Кеңесиниң 17-сессиясы болып өтти. Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты М.Гайпов ,районлық кеңес  депутатлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, сектор баслықлары, мәкеме, шөлкем басшылары, журналистлер, блогерлер қатнасты.

Сессияда районда 2020-жылдың раўажланыў жуўмақлары ҳәм келеси жылы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бойынша район ҳәкими  А.Тажетдиновтың район  халқына   мүрәжаты тыңланды.

Мүрәжатта Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарларыныӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда алып барылған жумыслар,
социал-экономикалық өсиў пәтлери, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде алып барылған жумыслар, сондай-ақ келеси 2021-жылда әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар кеӊ түрде талқыланды.

Сессияда қүн тәртибине қойылған мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты М.Гайпов шығып сөйледи районлық Кеӊес депутатлары өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Сессия өз жумысын жуўмақлағаннан соӊ журналист ҳәм блогерлер менен
Пресс-конференция өткерилип, район ҳәкими, сектор басшылары блогерлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content