Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2019- жыл 19- март күни жаслар менен ислесиўди нәтийжели жолға қойыўда мәденият, көркем-өнер, спорт, ахборот технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын асырыў ҳәмде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 5 әҳмийетли басламаны алға сүрген еди.
Халық, әсиресе, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын еледе кең ен жайдырыў мақсетинде бүгин, Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде, райондағы “Бахытлы”, “Тазғара” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасласқан улыўма билим бериў мектеби ҳәм де район орайындағы улыўма орта билим бериў мектеп жаслары ушын Шымабай кәсип-өнер мектебинде китапқумар жаслар ушын «Интеллектуал жетик жаслар» түрнириниң ярым финал басқышының биринши тур жеңимпазларын анықлаў мақсетинде турнир шөлкемлестирилди.
Кипатқумарлар жаслар менен китаптың инсан өмиринде тутқан орны, илимий ҳәм тәрбиялық әҳмийети ҳаққында сәўбетлесиў өткерилди.