Өз теңлеслерине өрнек болған жаслар итибарда

Өз теңлеслерине өрнек болған жаслар итибарда

12.12.2020 16:58:05 350 Баспаға шығарыў

 

Бүгин Шымбай районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы

49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район ҳәкимлиги, Шымбай Хан мешити, район Прокуратурасы ҳәм Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен жаслар қатнасында әхмийетли ушырасыў өткерилди.

Район Хан мешитиниң найыб имамы А.Қаражанов жасларға ата-ана ҳәм устазларды ҳүрмет қылыў, илим ийелеў ҳаққында пикирлерин билдирген болса, Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Жолымбетова тәрепинен  район жаслары ушын жаратылған шараятлар, ҳәр айдың 15-сәнесинде Сәрдарлар форумының өткерилиўи, китапқумарлар туринирине оқыў усыныс етилген әдебий китаплар, спортшы жасларды өз теңлеслерине еледе өрнек қылып көрсетиў мақсетинде социаллық видероликлер таярлаў лазымлығын атап өтти.

Сондай-ақ окыўшы жаслар ушын Баркамал аўлад орайы ҳәм “Ватанпарвар” шөлкеми тәрепинен көргибе шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Балалар, өспиримлер спорт мектебиниң дөгерек қатнасыўшылары яғный қол тобы бойынша Өзбекстан Республикасы басқышында 3-орынды ийелеген оқыўшы қызлар өзлериниң жетискенлиги ҳаққында  теңлеслерине мақтаныш пенен тилге алды ҳәм тринериниң машақатлы мийнетлери есесине жеңимпаз болғанлығын айта турып,  устазларына терең миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў соңында спортшы жаслар ушын район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған естелик саўғалары ҳам ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

 

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content