Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл
14-ноябрьдеги баянламасы ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң
2020-жыл 19-ноябрьдеги тапсырмаларын орынлаў мақсетинде Шымбай районы Мәҳәлле ҳәмде шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими хызметкерлериниң ҳәмде 10 аўыл 11 мәкан пуқаралар жыйынларының хызметкерлерин тараў жөнелислери бойынша
11-13-декабрь күнлери 18-саатлық оқыў семинарларын өткериў белгиленген.
Шымбай районы 49-санлы улыӯма орта билим бериў мектебинде болып өтетуғын 3 күнлик оқыў семинарына барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақал)лары, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша, абаданластырыў, тамарқа ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша, ҳуқық тәртип мәселелери бойынша орынбасарлары ҳәмде кекселер ҳәм жаслар бойынша маслақатшилериниң толық қатнасыўын белгиленген.
Оқыў семинарына райондағы мекеме, кәрхана шөлкемлеринен тәжрийбели қәнигелер бириктирилип, өзлериниң тийисли тараўы бойынша пуқаралар жыйыны хызметкерленине сабақлар өткерилмекте.