Аӯқаттан зәҳәрлениў не? Оның себеплери қандай?

Аӯқаттан зәҳәрлениў не? Оның себеплери қандай?

10.12.2020 16:27:43 310 Баспаға шығарыў

Аӯқаттан зәҳәрлениў- азық-аӯқат өнимлери яки ишимликлери менен асқазан-ишек системасына зиян келтиретуғын затлардың түсиўи ақыбетинде ишки органлар искерлигиниң бузылыӯы. Агрессив химиялық затлар яки бактериялар сақлаӯшы өнимлер қабыл қылғаннан соң, токсинлер әсте-ақырын қан тамырларға сорылып, интоксикация белгилерин пайда қылады.
Көбинесе зәҳәрлениӯди сўт ҳәм сўт өнимлери, кремли торт, цыр, қайнатылған колбаса, майек, ўйде тайарланған майонез яки сметаналы салатлар, консерва банкалары келтирип шығарады.
Аӯқаттан зәҳәрлениў белгилери:
Әдетте аӯқаттан зәҳәрлениў процессии жүда тез жүз береди. Мәселен, қысқа ӯақыт аралығында организмниң нормал ҳалаты төмендегише өзгериӯи мүмкин:
1. Кеўил айныў ҳәм қусыў;
2. Диария;
3. Асқазан ҳәм ишеклерде аўырыӯ;
4. Улыӯма ҳәлсизлик, дәрмансызлық;
4.Бас аӯырыўы.
Ботулизм –аӯқаттан зәҳәрлениӯлер ишинде аӯыр кешетӯғын кеселлик есапланады. Бул кеселлик тийкарынан үй шараятында термик ислеӯ бериӯ қағыйдаларына әмел қылмай тайарланған консерва өнимлерин қабылқылыӯ нәтийжесинде келип шығады.
Аӯқаттан зәҳәрлениўдиң алдын алыўдын ең жақсы усылы-аӯқатланыў гигиенасы қағыйдаларына әмел қылыӯ. Булар төмендегилерге әмел қылыӯды талап етеди:
1. Аӯқатланыӯдан алдын жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиӯ яғный қолды жуўыӯшы еритпелер менен зәрерсизлендириў;
2. Палыз өнимлери ҳәм мийӯелерди ыссы суўда жуўып қабыл қылыў;
3. Консерва өнимлериниң сыпатына айрықша итибар бериў (үй шараятында консерва таярламаў);
4. Ашық ҳаӯада сақланған азық-аӯқат өнимлерин қабыл етпеӯ.

 

 

Гаӯхар Андирбаева
районлық СЭТ ҳәм ЖСБ санитария шыпакери.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content