1992-жылы қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы Ўатанымыз раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди. Бас нызамымыз қабыл етилген 8-декабрь күни айрықша нызам менен Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни, улыўма халықлық байрам деп жәрияланды.
Атап айтыўымыз керек, ғәрезсиз Өзбекстан бурынғы аўқам республикалары арасында бириншилерден болып өз Конституциясын қабыл етти. Конституция ҳәр бир мәмлекеттиң тийкарғы ҳуқықый ҳүжжети болып есапланады, оның нормалары тек мәмлекет дизими емес, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм оның басқарыўын шөлкемлестириў принциплерин ҳәмде социаллық турмыс нормаларын да белгилеп береди. Мәселен, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 14-бабында шаңарақлық турмыс тәризиниң ҳуқықый тийкарын жаратыўшы принципиал қағыйдалары белгиленген болса, 12-бабында жәмийеттиң экономикалық тийкарлары, экономикалық хызмет еркинлигин тәмийинлеў кепиллиги ҳәм мүликдарлар хуқықларын қорғаўга тийкарланған. Конституциялық хуқықлардың тәртипке салыныўының өзине тән қәсийети соннан ибарат, Конституция өзиниң тийкарғы қағыйдаларын турмысқа толық усыныў ушын кең имканият жаратады.Тийкарғы Конституциялық қағыйдалар ҳәм ондағы принциплер кең юридикалық базаны қурайды. Усы юридикалық база негизинде ҳуқықтың барлық пуқаралық, жынайый, мийнет, қаржы ҳәм басқа тараўларыньң нормалары бирлестирилген сондай-ақ ҳәр қандай нормативлик ҳуқықый ҳүжжет (нызамлар, пәрманлар, қарарлар ҳәм басқалар) конституцияға тийкарланады, басқаша айтқанда конституция бул барлық нызам ҳүжжетлериниң тийкарғы дереги болып есапланады.
Атап өтиўимиз керек, Конституциялардың юридикалық тәрептен бираз раўажланған дәўири 20-әсирде пайда болған.
Оған шекем жаратылған Конституциялар арасында
ең әйемгиси Англия конституциясы болып есапланады. Оның пайда болыў тарийхы 13-әсир басы, яғный 1215-жылға туўра келеди.
Конституцияның үстинлиги соннан ибарат, оған тек ғана сол мәмлекет пуқаралары емес, бәлким мәмлекеттиң өзиде бойсыныўы керек. Ҳуқық ҳәм мәмлекет өз-ара байланыслы болған да ғана жәмийетте Конституция ҳәм нызамлар үстинлиги тәмийинленеди.
Ҳәр бир демократиялық мәмлекеттиң Конституциялық тийкарын инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери қурайды, сонлықтан мәмлекетимиз Конституциясында «Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм де миннетлери ҳаққында»ғы бөлими айрықша орын алған. Сондай-ақ, бас нызамымыздың «Тийкарғы принциплери» бөлиминде ҳәмде 13-статьясында Өзбекстан Республикасында демократия улыўма адамгершилик принциплерине тийкарланады, оған көре инсан, оның өмири, еркинлиги, абройы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа дахлсыз ҳуқықлары жоқары қәдрият болып есапланады» деп атап өтилген. Бурынғы дәўирде мәмлекеттиң мәплери инсан мәплеринен үстин екенлиги қатаң белгилеп қойылған еди. Бул мәселе ғәрезсиз Өзбекстан Конституциясында улыўма адамгершилик принциплерине тийкарланып туўры әдалатлы шешилген.
Конституциялық принциплерге тийкар раўажланыў елимизде тарийхта биринши мәрте мәмлекет органларының ҳәм лаўазымлы шахслардың жәмийет ҳәм пуқаралар алдында жуўапкерли екенлиги айқын белгилеп қойылыўы, ҳәзирги ўақытта халқымыз жаратып атырған әдалатлы пуқаралық жамийетиниң мәнисин аңлатады.
Ғәрезсиз Өзбекстан Конституциясы кабыл етилгенинен бери өткен 28 жыл даўамында оның мазмун кағыйдалары турмысқа избе-из енгизилип, турмысымыздың барлық тараўында түрли жеңислерге ерисилмекте.
Мәмлекетимизде Конституция себепли пуқаралар ҳәм миллетлераралық татыўлық тәмийинленди, турмыс раўажланыўы жылдан-жылға артып бармақта, социаллық-мәдений раўажланыў, билим, илим-пән тараўларында үлкен табысларға ерисилмекте.
Мине усы инсан ҳуқықлары улыўма халықлық декларациясының кағыйдалары Өзбекстан Республикасының Конституциясында сондай-ақ инсанның сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, ҳуқық ҳәм еркинликлериниң қорғалыўын тәмийинлейтуғын миллий нызамлылық нормаларында ҳәм өз көринисин тапқан.
Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен 2017-жылдың «Инсан мәплери ҳәм халық пенен пикирлесиў жылы» деп жәрияланыўы мәмлекетимизде инсан қәдир-қымбатының жоқары қойылыўы, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болды.
Сонлықтан, Конституциямыз мәмлекетимиздиң ғарезсиз раўажланыў жолында, инсан ҳуқуқларын ҳам еркинликлерин тәмийнлеў, елимизде демократия ҳам улыўма инсаныйлық принциплерди әмелге асырыўдың беккем тийкары болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы жынаятлы
ислери бойынша судының судьясы: М.Байниязов
Жынаят ислери бойынша
Шымбай районы суды баслығы: А.Хожанов