Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының VIII Қурылтайында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў « Жаслар ортасында саламат турмыс тәризин кең түрде угит-нәсият жумысларын жургизиў, кеселикликлердиң алдын алыўға қаратылған ис илажлар »ды әмелге асырыў жаслар арасында дене тәрбиясы ҳәм спорттың раӯажландырыӯ олардың шаңарақ ағзаларын дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўларын күнделикли турмысына айландырыў, түрли спорт ойынларын ҳәм дене тәрбиясына қызықтырыў, шаңарақларда саламат турмыс тәризин нәсиятлаў, спорт-саўаландырыў илажлары арқалы олардың саламатлықларын тиклеў бойынша Ерлер ҳәм ҳаял –қызлар арасында спорттың «Стол тенниси » ; Шахмат» «Шашка» түрлери бойынша жарыс шөлкемлестирип ҳәм өткизилди жарысқа Тез жардем бөлими ,Көп тармаклы поликлиникасы , Анестезиология –Реанимация бөлими , Қыстаўлы тез жардем болими , Шанарак поликлиникасы , Хирургия бөлиминен, Тез жардем болиминен ,Техниклер бөлими ,Рентген ҳәм Есапшылар бөлиминен жәми болып 9 – команда қатнасты. Жарыс жуўмағы бойынша РМБ-ниң Кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен I-II-III –орынлар белгиленип женимпазлар баҳалы саўғалар ҳәм I-II-III Дипломлар менен сыйлықланды.