Усы жылдыӊ 30-июнь күни суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.
Өткерилген видеоселектор мәжилиси Баяныныӊ 13-бǝнтиниӊ орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде 2020-жыл 12-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси баслығы ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси баслығы тǝрепинен “Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын жǝнеде жетилистириў, ǝдил судлаўды тǝмийинлеў ҳǝм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў бойынша” Жол картасы тастыйықланды.
Жол картасы менен “Жынаятшылық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардыӊ өз ўақтында алдын алыў”, “Əдил судлаўды ǝмелге асырыўда адвокатура искерлигин жетилистириў”, “Əдил судлаўды ǝмелге асырыўда тергеў органлары искерлигиниӊ сыпатын асырыў”, “Судьялар арасында гендер теӊлигин тǝмийинлеў”, “Судлар ҳǝм тергеў органлары искерлигиниӊ ашық-айдынлығы ҳǝм жǝриялылығын асырыў”, “Судлар искерлигине заманагөй хабар коммуникация технологияларын енгизиў”, “Халықтыӊ ҳуқықый санасы ҳǝм мǝдениятын жǝнеде асырыў”, “Судлар ҳǝм тергеў органлары хызметкерлериниӊ илимий исшеӊлигин, ǝмелий көнликпелерин ҳǝм руўхый санасын асырыў”, “Суд органларыныӊ Ҳалық қабыллаўханалары менен бирге ислесиўин күшейттириў”, “Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳǝм Ҳалық депутатлары район (қала) Кеӊеслери менен бирге ислесиў”, “Пуқаралық жǝмийети институтлары менен бирге ислесиўди жǝнеде күшейттириў”, “Судлар ҳǝм тергеў органларын коррупциядан аўлақ системаға айландырыў” ҳǝм “Суд, тергеў ҳǝм сорастырыў органлары искерлигин муўапықластырыў мǝселелери” яғный
13 бағдарда жǝми 71 бǝнттен ибарат болған ўазыйпалар белгиленди.
Бүгинги күнде барлық судлар тǝрепинен Жол картасында белгиленген ўазыйпалар орынланып, ҳалықтыӊ, исбилерменлик субъектлериниӊ ҳуқықый санасы ҳǝм мǝдениятын асырыў, олардыӊ машқалаларына шешим табыў мақсетинде көшпели қабыллаўлар, онлайн тǝризинде қабыллаўлар шөлкемлестирилип, ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар ǝмелге асырылмақта.
Айтып өтиўимиз керек бул ǝмелге асырылып атырған жумыслар ǝлбетте биринши гезекте ҳалықтыӊ пǝраўан турмыс кешириўи, исбилерменликтиӊ раўажланыўына хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы
экономикалық суды судьясы С.Ниязов