Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Шымбай районында әмелге асырылып атырған бир қатар ири жойбарлар менен танысты.
Республикамызда аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәмде оны комплексли модернизациялаў, тараўға инновациялық технологиялар, заманагөй илим жетискенликлери, кластер системасын кеңнен енгизиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, барлық түрдеги аўыл хожалығы егинлеринен жоқары ҳәм сапалы зүрәәт жетистирип, ел-журт абаданлығын арттырыў, дәстурханларынмыздың молшылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Президентимиз тәрепинен соңғы жылларда бул бағдарда бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилгени тараўдағы реформаларды жәнеде жаңа басқышқа көтериўде үлкен әхмийетке ийе болмақта.
Шымбай районында аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыў көлемин еледе кеңейтиў, районның экспорт потенциалын арттырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Райондағы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 2021- жылдың август айында иске түсирилиўи күтилип атырған ири «Агросанаат» комлексин қурылысының басланғаны бул бағдардағы және бир әҳмийетли қәдемлерден бири болды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов «Агросанаат» комлекси жойбары, бул комплексте келешекте әмелге асырылатуғын жумыслар менен танысты.
Корея технологиясы тийкарында агрокомлексте аўыл хожалығы өнимлери гидропоника усылында жетистириледи. Ҳәр бири төрт гектардан ибарат ыссыханаларда халықтың күнделикли пайдаланатуғын баў-бақша ҳәм палыз өнимлери жетистириледи. Өнимди жетистириўден тартып, оны қадақлаў ҳәм сақлаў усы жердин өзинде әмелге асырылады.
Республикамыз басшысы жойбар менен танысар екен, оның әмелге асырылыўы район экономикасын көтериў ҳам халқтың бәнтилигин тәмийнлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Комплекстиң қурылысын баслаў ушын исбилерменлерге сертификатлар тапсырылды. Жақсы нийетлер менен дәслепки ирге тасы қаланды.
Райондағы және бир ири жойбарлардын бири –«Шарўашылық комплексин» қурыў болып, бул жойбар шарўашылық тараўын раўажландырыў ҳәм шарўа өнимлерин ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў арқалы халықтың азық-аўқатлық өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, районның экспорт потенциалын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.
Улыўма майданы 30 гектардан аслам шарўа комлексинде қарамалшылықты санаат усылында жетистириў, қойшылық хожалығын шөлкемлестириў, шарўа маллары ушын аралас жем ислеп шығарыў жолға қойылады. Сүт өнимлери усы жердиң өзинде қайта исленеди.
Республикамыз басшысы шарўа комлексинде әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жумыслар менен танысты. Шарўа комлексинде өз жумысын баслаўды нийет етип атырған исбилерменлер менен ушырасып, оларға сертификатлар тапсырды.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети.