“Өзбекстан Республикасы Конституциясы – Ғәрезсизлигимиз кепили!”

“Өзбекстан Республикасы Конституциясы – Ғәрезсизлигимиз кепили!”

05.12.2020 15:26:23 281 Баспаға шығарыў

 

Раўажланыўға қарай тез пәт пенен адымлап атырған мәмлекетимиз Бас Нызамы қабыл қылынғанлығына 28 жыл толып атырған бүгинги қызғын сәнеде, Үшинши Ренессанс дәўирине биринши қәдемлерди қойды. Халқымыз бүгин жаңаша көз-қарасларға тийкар Жаңа Өзбекстанды пайда етиўге бел байлады.

8 декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен “Өзбекстан Республикасы Конституциясы – ғәрезсизлигимиз кепили!” сүрени астында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл қылынғанлығының 28 жыллығына арнап Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде байрам илажы шөлкемлестирилди.

Байрам кешесине район Прокурорының аға жәрдемшиси С.Бекмуратов, Шымбай районлар аралық Экономикалық судының судясы Н.Балтабаева, районлық Ишки ислер бөлими хызметкери капитан А.Нызаматдинов ҳәмде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлиминиң бас қәнигеси Ш.Жиенбаевлар қатнасып, тийкарғы Нызамымыздың мазмунында теңлик, еркинлик, халықлар ҳәм миллетлерара дослық, мәмлекет ҳәм дүнья теңлиги сыяқлы улыўмаинсаныйлық идеялар жәмленгенлиги оның өзине тән жетискенлиги екенлиги ҳаққында кең тоқталып жыйналғанларды байрам менен қутлықлап өтти.

Илаж оқыўшы жаслар атқарыўындағы конституциямызды мақтаныш ететуғын қосық қатарлары, саҳналық көринислер ҳәмде концерт бағдарламы менен даўам етти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content