Бүгин Шымбай академиялық лицейинде “Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Ушырасыў алдында “Саламат турмыс ушын 5000 қадем” жойбары, сондай-ақ ҳаял-қызлар арасында спорттың баскетбол түринен беллесиў ҳәм районлық Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы, өнерментлер көргизбеси шөлкемлестирилди.
Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасында 42 жас жумысқа жайласытырылып, бәнтлиги тәмийнленди.
“Ҳәким ҳәм жаслар” ушырасыўында район ҳәкими А.Тажетдинов, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, сондай-ақ белсенди ҳам исбилерменлик тараўына қызығыўшы жаслар қатнасты.
Ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен бир қанша усыныслар билдирилди.
Атап айтқанда Э.Бектанова “Жас исбилерменлер –елимиз раўажының тиргеги” атамасында жойбар ислеўди усыныс етти.
Бул жойбарда жергиликли коммерциялық банк филиаллары, мәмлекетлик салық инспекциясы қатнасында исбилерменлик тараўына қызығыўшы жасларға кредит алыў имкәниятлары, қандай жағдайда жеңиллетилген кредит бериледи, салық жағынан жениллик бар яки жоқлығы, маркетинг ҳаққында толық мағлыўматты телеведение, мәмлекетлик дизимнен өткен сайтллар, телеграм каналлар арқалы халыққа ўақтында жеткерип барыў лазымлығын айтты.
Соның менен бирге “Стартап жойбарлар” таңлаўын шөлкемлестириў ҳәм бул арқалы ең жақсы деп табылған бизнес жойбарларға жеңиллетилген кредитлерди иркинишсиз бериў арқалы исбилермен жаслар қатламының кеңейиўине ерисиў мүмкинлиги бойынша билдирилген усыныс район ҳәкими тәрепинен мақулланды.
– “Қостерек” аўыл пуқаралар жыйыны турғыны “Мухаммед Руслан” ЖШЖ баслығы Р.Жоллыбаев балықшылық тараўы менен шуғылланып келмекте, соның менен бирге Таш МАУ Нөкис филиалы студенти.
Ол балықшылық тараўын еледе раўажландырыў арқалы өзи сыяқлы теңлеслериниң бәнтлигин тәмийинлеўди алдына мақсет қылған. 60 0000 миллион сўм муғдарында жеңиллетилген кредит алыў арқалы өз мақсетине ерисе алатуғынын билдирди ҳәм бул мүрәжаты сол ўақыттың өзинде шешимин тапты.
– “Темир жол гүзары” турғыны А.Жаңабаев ҳәзирде үй шараятында қоян бағып, өз шаңарағын гөш пенен тәмийинлеп отырғанын ҳәм бул тараўды еледе раўажландырыў ушын жеңиллетилген кредит алыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Бул мүрәжат бойынша Микрокредит банк Шымбай районлық филиалына тийисли тапсырма берилди. Мүрәжат өз шешимин тапты, бунда район ҳәкимлиги қәўендерлигинде қоян бағыўға арналған қорғанша алып берилиўи белгиленди.
– Районлық Мәденият бөлиминиң жас хореографы Р.Минажов тәрепинен
“Дуўтаршылар” ҳәм “Хореография” дөгерегине 60 тан аслам жаслар қатнап атырғанлығы, бирақ үлкен-үлкен байрам кешелеринде дөгерек қатнасыўшыларының жасына сай заманагөй костюмға зәрүрлик сезилип атырғанлығы себепли, бул мәселеде әмелий жәрдем берилиўин соранды.
Мүрәжат сол орында өз шешимин тапты ҳәм дөгерек қатнасыўшыларын қуўанышқа бөледи.
Ушырасыў даўамында “Кеңес” ауыл пуқаралар жыйыны аймағында “Жазғы сахна”, жас дөретиўшилердиң китабын баспадан шығарыў, инновациялық технологиялық исленбелер тараўын раўажландырыў, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында жайласқан жоқары оқыў орынларына улыўма орта билим бериў мектебиниң 10-11 класс оқыўшыларының бийпул саяхатларын шөлкемлестириў бойынша жаслар тәрепинен билдирилген усыныслар район ҳәкими тәрепинен мақулланды ҳәм оның орынланыўын жеке өзи қадағалаўға алатуғынлығын билдирип өтти.
Район ҳәкими ҳәр айда жаслар менен ушырасып, турақлы түрде сәўбетлер өткеретуғынын, жаслардың усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаўға таяр екенин билдирди.