ТАРИЙХЫМСАҢ, ТӘҒДИРИМСЕҢ, КЕЛЕШЕГИМСЕҢ, АНА ТИЛИМ!

ТАРИЙХЫМСАҢ, ТӘҒДИРИМСЕҢ, КЕЛЕШЕГИМСЕҢ, АНА ТИЛИМ!

01.12.2020 09:34:43 987 Баспаға шығарыў

1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн.
Сәне мүнәсибети менен байрам илажларының бири бүгин «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең, ана тилим!» атамасында ТашМАУ Нөкис филиалы академиялық лицейинде көтериңки руўхта болып өтти.
Байрам кешесинде район ҳәкимлиги, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, «Ватанпарвар» шөлкеми ҳәмде Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлиминиң тийисли ўәкиллери қатнасып, ана тилимиздиң мәмлекетлик тил сыпатындағы әҳмийети. оның халқымыз руўхый дүньясында тутқан орны ҳаққында кең тоқтылып жыйналғанларды байрам менен қутлықлап өтти.
Илаж оқыўшы жаслар атқарыўындағы ана тилимизди мақтаныш ететуғын қосық қатарлары, қыз-жигитлер айтысы, саҳналық көринислер ҳәмде концерт бағдарламы менен даўам етти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content