ϴзбекстан Республикасы Конституциясы, ϴзбекстан Республикасы “Судлар ҳаққында”ғы Нызамы, ϴзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексине тийкар экономикалық судларының тийкарғы ўазыйпалары бул – экономика тараўында кәрханалар, мекемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралардың бузылған яки даўласып атырған ҳуқықларын ямаса нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, экономика саласында нызамшылықты беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға көмеклесиў, нызамға ҳәм судқа ҳүрметте болыў қатнасықларын қәлиплестириў болып табылады.
Шымбай районлар аралық экономикалық судлары өз ўазыйпаларынан келип шығып өз искерлигинде экономика тараўында нызамшылықты беккемлеўге, әдил судлаўды әмелге асырыўға, исбилерменлик субъектлериниң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўға, оларға жеңилликлер жаратыўға, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға ҳәмде суд мәжлислериниң тәрбиялық орны ҳәм әҳмийетин асырыў мақсетинде ислерди көбирек көшпели суд мәжлислеринде жәмийетшиликти тартқан ҳалда өткериўге айрықша итибар қаратып келмекте.
Шымбай районлар аралық экономикалық суды тәрепинен
2025-жылдың 3 айы даўамында 416 (2024-жылдың 3 айы даўамында 391) экономикалық ислери көрилген болып, усы көрсеткиш
2024-жылдың 3 айы менен салыстырғанда 25 иске 6,0 пайызға көбейген. Соннан, суд буйрығы тәртибинде 2025-жылдың 3 айы даўамында ис көрилмеген (2024-жылдың 3 айы даўамында 0 экономикалық ис көрилген), әпиўайыластырылған тәртипте 21 (13) ис көрилди. Жәми 19 (49) даўа арза (арза) электрон түринде келип түсти.
Көрилген ислердиң ис категориясына қарағанда:
Пуқаралық ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы
381 (375), ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы
20 (16), кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы менен байланыслы
13 (0), Юридик әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаӯ байланыслы
0 (0) ҳәмде корпоратив қатнасықлары менен байланыслы 2 (0) ислер көрип шығылды.
Пуқаралық ҳуқықый қатнасықлары менен байланыслы даўлар тийкарынан кредит шәртнамасынан 82 ис (162) өткен жылға қарағанда
80 иске кемейген, банкрот деп табыў ҳақында 13 (0) өткен жылға қарағанда 13 иске көбейген, өним жеткерип бериў шәртнамасынан 28 ис (8) өткен жылға қарағанда 20 иске көбейген, коммунал хызмет көрсетиў шәртнамасынан 14 ис (5) өткен жылға қарағанда 9 иске көбейген, алды-сатты шәртнамасынан 82 ис (18) өткен жылға қарағанда 64 иске көбейген, ҳақ есесине хызмет көрсетиў шәртнамасынан 10 ис (14) өткен жылға қарағанда
4 иске кемейген, пудрат шәртнамасынан 3 ис (4) өткен жылға қарағанда
1 иске кемейген, жүк тасыў шәртнамасынан 0 ис (1) өткен жылға қарағанда
1 иске кемейген, лизинг шәртнамасынан 0 ис (15) өткен жылға қарағанда
15 иске кемейген, ижара шәртнамасынан 9 ис (1) өткен жылға қарағанда
8 иске көбейген, финанслық жәриймасын қоллаў бойынша 10 ис (7) өткен жылға қарағанда 3 иске көбейген, контрактация шәртнамасынан 0 ис
(41) өткен жылға қарағанда 41 иске кемейген, басқа шәртнамалардан 6 ис (12) өткен жылға қарағанда 6 иске кемейген, басқа шәртнамалар бойынша
5 ис (8) өткен жылға қарағанда 3 иске кемейген, фьючерс шартнамасынан
139 ис (93) өткен жылға қарағанда 46 иске көбейген, корпоратив даўлар менен байланыслы 2 ис (0) өткен жылға қарағанда 2 иске көбейген, Жерге байланыслы ҳуқықый қатнасықлардан келип шыққан даўлар 2 ис (0) өткен жылға қарағанда 2 иске көбейген, Исбилерменлик жумысының айырым түрлери менен шуғылланыў лицензияларын (руқсатнамаларын) бийкарлаў
2 ис (0) өткен жылға қарағанда 2 иске көбейген, Аманат сақлаў шәртнамасы бойынша 3 ис (0) өткен жылға қарағанда 3 иске көбейген, Финанслық жәрдем көрсетиў шәртнамасы бойынша 2 ис (1) өткен жылға қарағанда 1 иске көбейген, Пенсия қорына төлемлерди өндириў ҳаққында 3 ис (0) өткен жылға қарағанда 3 иске көбейген, Қоршаған орталықты қорғаў ҳаққындағы нызамлардың бузылыўы бойынша 0 ис (1) өткен жылға қарағанда 1 иске кемейген, Байланыс хызмети шәртнамасы бойынша 0 ис (1) өткен жылға қарағанда 1 иске кемейген.
Есабат дәўиринде көбейген ис категорияларын анализ қылғанымызда:
Шымбай районлар аралық экономикалық судында жәми 416 ис көрилген болса, соннан фьючерс шартнамасы ҳаққындағы ислер 139 ис (277) яки
33,4 пайыз;
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған изшил реформалар даўамында киши бизнес, жеке исбилерменликти, исбилерменлик субъектлериниң жумысын қоллап-қуўатлаў, хожалық субъектлериниң ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары өз ўазыйпаларынан келип шығып өз искерлигинде жеке исбилерменлик, киши бизнес ҳәм фермер хожалықларының ҳуқық ҳәм мәжбүриятларын қорғаў бойынша бир қанша ислер алып бармақта.
Шымбай районлар аралық экономикалық судына киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер даўагерлигинде көрилген жәми 369 ис көрилип ҳал қалыў қарарлары қабыл етилди.
Усы көрилген 369 истен 123 ис бойынша Фермерлер кеңеси, 92 ис бойынша Саўда-санаат палатасы ҳәмда Прокуратура органлари тәрепинен
16 ис, Әдиллик бөлими тәрепинен 1 ис, қалған 137 ис жеке ѳзлери тәрепинен мүрәжат етилген.
Суд мәжлислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин асырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 104 (148) ис, яғный көрилген ислердиң 75 (64,4) пайызы көшпели суд мәжлислеринде көрип шығылды.
Шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў интизамын бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына усы жылдың 3 айы даўамында 0 (0) ҳәкимшилик, 0 (0) материаллық, 2 (0) интизамий, 2 (0) басқа себеплерге байланыслы жуўапкершиликке тартыў ҳаққында жәми 4 (0) суд тәсир шаралары қолланылған болып, усы көрсеткиш 2024-жылдың 3 айы менен салыстырғанда 10 ға яки 33,3 пайызға көбейген.
Сондай-ақ, суд қарарына тийкар республика бюджетине 1 млрд.
229 млн. 012 мың (919 млн. 574 мың) сум мәмлекетлик бажы пул өндириў ҳаққында ҳал қылыў қарарлары шығарылып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бул көрсеткиш 309 млн. 438 мың сумға көбейген.
Ихтиярый төленген мәмлекетлик бажы пул муғдары биринши инстанция судында 39 млн. 484 мың (58 млн. 734 мың) сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 19 млн. 250 мың сумға кемейген.
Исте қатнасыўшы шахсларға қолайлылық жаратыў мақсетинде видеоконференц байланыс режиминде жәми 27 (2) суд мәжилислери өткерилип, нәтийжеде тәреплердиң бир қанша пуллары ҳәмде келип кетиӯди бойынша ӯақытлары тежеп қалынған.
Есабат дәўиринде экономикалық судлар тәрепинен нызам ҳүжжетлери, Пленум қарарларын жетилистириў бойынша 10 (9) усыныслар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары судьялары “Орынларда машқалаларды шешиў ушын халық пенен ашық пикирлесиўлер, сондай-ақ судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў процесслери, халық пенен пикирлесиў нәтийжелери ҳәм суд жумысларына тийисли басқада мәселелери ҳаққында ғалаба хабар қуралларында шығыўлары” Дәстүри тийкарында халық пенен 164 (89) мәрте ушырасыўлар өткерилди.
Ғалаба хабар қуралларында жәми 20 (7) мәрте шығыўлар әмелге асырылып, соннан 1 (0) мәрте телевидениеде, 6 (2) мәрте радиода, 3 (1) мәрте газеталарда, 0 (0) мәрте журналларда, 3 (4) веб-сайтларда шығылды.
2025-жылдың 3 айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан мүрәжаатлар келип түспеген.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судына Өзбекистан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасынан, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Халық Қабыллаўханасынан ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының виртуал қабыллаўханасы арқалы тийислилиги бойынша Шымбай районлар аралык экономикалық судына мүрәжаатлер келип түспеди.
2025-жылдың 3 айы даўамында Шымбай районлар аралық экономикалық судының көшпели ҳәм суд имәратларында өткизилген жеке қабыллаўда жәми 5 (2024-жылдың 3 айында – 1) пуқара, соннан
5 (1) пуқара көшпели қабыллаўда, 0 (0) пуқара суд имәратында қабылланған.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Республика ҳәмде район (қала)лар аралық экономикалық судларының ҳәр шерек жуўмағы бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшилик қатнасында прессконференциялар өткерип, судларда әмелге асырылған ислер ҳаққында мәлимлеме берип келмекте.
Шымбай районлар аралық
экономикалық суды баслығы Б.Т.Бекмуратов