Шымбай районы “Тазғара” мәҳәллесинде қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Н.Ерлепесов, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри К.Азербаев, Ѳзбекстан мәҳәллелер аўқамының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәмде райондағы мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Семинар қатнасыўшылары мәҳәлле турғыны – А.Сметовтың шаңарағында болып, үлигили қыйтақ жер ийесиниң тәжирийбеси менен танысты.
Шаңарақтың қыйтақ жеринде бир қарыс жердиң де бос турғанын көриў мүмкин емес. Онда дийқаншылық, бағшылық, қусшылық, ыссыхана дейсиз бе, мийўе – палыз өнимлери дейсиз бе, бәри ағын-тегин. Қыйтақ жер ийеси соншама мийнетке жараса өз-өзин зәрүрли мини-техникалар менен де тәмийинлеген.
Әлбетте, дәрамат та жаман емес. Хожалық ийеси, қыйтақ жери арқасынан шаңарағының қурғынлығын тәмийинлемекте.
Семинарда қыйтақ жер ийесиниң тәжирийбелери ҳәр тәреплеме додаланып, бул үлгини барлық мәҳәллелерде кеңнен ен жайдырыў бойынша жуўапкерлерге тапрсырмалар берилди.