«Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы өткерилди

«Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы өткерилди

21.04.2025 09:25:59 70 Баспаға шығарыў

Қарақалпақстан Республикасында өткерилип атырған «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде бүгин Нөкис қаласында «Арал балықларынан 99 түрдеги тағамлар» халықаралық гастрономиялық фестивалы болып өтти.

Фестивальда аймақлардың гастрономиялық туризм потенциалы кеңнен үгит-нәсиятланыўы белгиленген болып, онда көп миллетли елимизде жасаўшы барлық халық ҳәм миллет ўәкиллери ушын сүйикли болған тағамлар шебер аспаз ҳәм ҳәўескерлер тәрепинен таярланды.

Иләжда жергиликли ҳәм сырт елден келген туристлер, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Фестиваль жуўмағында балықлардан таярланған, Аралбойында жасаўшы халық ўәкиллерине тән тағамларды таярлаўда өз-ара беллескен аспазлар арасынан анықланған жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Пайдалы ресурслар