Шымбай районында Мәҳәллелерде Сайхунабат тәжирийбеси бойынша медиа-тур болып өтти
Бүгинги күнде районымызда 22 мәҳәллелер бар болып әпиӯайы халық шаӯашылық, дийқаншылық, бағшылық, өнерментшилик пенен шуғыланады.Сондай – ақ Шымбай районы Мәлимлеме хызмети ҳәм райондағы сиясий газета «Шымбай ҳаӯазы» газетасы журналистлери менен биргеликте «Темир жол гүзары» мәҳәллесине пресс-тур шөлкемлестирилди.
“Темир жол гүзары” мәкан пуқаралар жыйынындағы Ережепов Рейим ағаны бәршеге үлги етсек арзыйды пресс-тур даӯамында Рейим Ережепов үй қапталы қыйтақ жериндеги дийқаншылық атызындағы өнимлер егиӯ барысы ҳәмде бағшылық ҳәм балықшылық бойынша алып барылып атырған жумыслар менен журналистлер ҳәм аймақта жасаӯшы ҳәм «Гүлистан» , «Тазғара» мәҳәллелердеги аймақ турғынлары қатнасып өз-ара тәжирийбе алмасты.