Қыс өртсиз өтсин

Қыс өртсиз өтсин

30.11.2020 16:52:42 499 Баспаға шығарыў

Үлкемизе  қыс мәӯсими кирип келиӯине байланыслы пуқараларымыздың электр энергиясына,газге болған талабы артады.Сонлықтан олардан пайдаланғанда итибарлы болыӯымыз шәрт болып есапланады.Усыған бағышланып ҳәм «Халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаӯ айлығы»н нәтийжели өткериӯе бағышланған илаж район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында болып өтти.Илажға мәкеме кәрхана басшылары тийисли қәнигелер қатнасты.Илажды район ҳәкиминиң  орынбасары Б.Жуманиязов басқарып барды.Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы бөлим баслығы А.Абдиганиев,Шымбай районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы Е.Арзуевлар шығып сөйлеп  бүгинги күнде ушырасып атырған кеӯилсиз ақыбетлердиң алдын алыӯ бойынша турмыслық мысаллар менен түсиндирип өтти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content