Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Президент тәрепинен нызамшылыққа некеден ажыратыўда судлар тәрепинен тайынланатуғын «татыўластырыў дәўири»н бийкар етиўге байланыслы өзгерис киргизилгенине мүнәсибет билдирди. (https://t.me/SShMirziyoyeva/2801)
Буны ҳаял-қызларды шаңарақтағы зорлықтан қорғаў, олардың ҳуқықларын ҳүрмет етиў жолындағы үлкен қәдем деп есаплайман. Егер шаңарақта инсан қәдири ҳүрмет етилмесе ҳәм ол физикалық, психологиялық ямаса экономикалық кемситиўлерге ушыраса, ол жерде келисимге келиў, жарасыў ҳеш қандай мүмкин емес.
Бул тек ғана ҳаял-қызлар емес, сондай шараятта жасап ҳәм тәрбияланып атырған балалар ушын да әҳмийетли, дейди Саида Мирзиёева.
__