Соңғы жылларда мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем-өнерге қаратылып атырған айрықша итибар себепли, тараўда бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғаны бәршеге белигили.
Усы тийкарда, 2020-жыл 26-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың “Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманында,15-апрель сәнеси “Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм көркем-өнер хызметкерлери күни” етип белгиленди.
Байрам мүнәсибети менен бүгин районда мәденият ҳәм көркем-өнер тараўы пидайылары район ҳәкиминиң “Ҳүрмет жарлықлары” менен сыйлықланды