Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы пидайылары!

Ҳүрметли Ўатанласлар, қәдирли Мəденият ҳəм көркем өнер тараўы пидайылары!

15.04.2025 10:25:35 45 Баспаға шығарыў

Сизлерди бүгинги Мәденият ҳəм көркем өнер тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Ҳəр қандай халықтың мəденияты менен көркем өнерине деген ҳүрмет – бул сол халықтың өтмиш тарийхы, миллийлиги, үрп-əдет ҳəм дəстүрлерине болған ҳүрмет саналады.

Сонлықтан да бүгинги байрам тамыры терең тарийхқа ийе көп миллетли халқымыздың, пүткил елимиздиң байрамы, десек алжаспаған боламыз.

Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери ең дәслеп, бийтәкирар өнери менен халқымыздың руўхый дүньясын байытып киятырған машақатлы ҳəм мақтанышлы кəсип ийелери есапланады.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Пайдалы ресурслар