Шымбай районы ҳǝкими, 1-сектор баслығы Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң сектор аймағында 2024-жыл даӯамында мүрәжатлар шешими бойынша ЕСАБАТЫ

Шымбай районы ҳǝкими, 1-сектор баслығы Тажетдинов Айбек Алтынбековичтиң сектор аймағында 2024-жыл даӯамында мүрәжатлар шешими бойынша ЕСАБАТЫ

26.12.2024 10:32:58 16 Баспаға шығарыў

Соңғы жылларда мәмлекетимизде аймақларды комплекс социал-экономикалық раӯажландырыӯ халықтың жасаӯ шараятларын, турмыс дәрежесин түптен жақсылаӯ мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Шымбай районы 1-сектор аймағында 2024-жыл даӯамында исленген жумыслар бойынша есабат беретуғын болсам, 1-сектор аймағына «Көкши қала», «Кеңес», «Қостерек» ҳәм де «Тазажол» мәкан ҳәм аӯыл пуқаралар жыйыны бириктирилген болып, онда
20 мыңнан аслам халық жасайды.

Сектор аймағын инфраструктурасын
жақсылаӯ бойынша

Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм де Қәӯендер қаржылары есабынан сектор аймағы инфраструктурасын жақсылаӯ мақсетинде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

Электр энергиясы бойынша

«Көкши қала» МПЖ аймағы көшелерине 108 дана таяныш бағаналары (столба), 3,5 км. СИП кабель тартылып,
3 трансформаторға  оңлаӯ;

– “Кеңес” АПЖ аймағынан 1 дана транспорматор ҳǝм 20 дана таяныш бағаналары (столба) алмастырылды;

– “Тазажол” АПЖ аймағынан 10 дана таяныш бағаналары (столба) алмастырылды хам жаңадан ҳаўа линиялары тартылды.

Сондай-ақ, “Кеңес” АПЖ аймағындағы 4-санлы мектепке спорт зал, спорт майданшасы (газон), баслаўыш класс оқыў имараты қурып берилди.

 

 

Газ тармақлары бойынша

– “Қостерек” АПЖ орайында 298 хожалыққа баратуғын
76-100 мм. көлемдеги 700 метр аралықтағы трубалары 159 мм. көлемге алмастырылып берилди. Қанлы аўылына 76 хожалыққа тартылған 2,4 км. аралықтағы 50 мм. көлемдеги газ трубалары
89 мм. көлемдеги трубаларға алмастырып, нǝтийжеде
474 хожалықтың табийғый газден пайдалыныўы жақсыланды.

 

Жолларды оңлаў бойынша

“Кеңес” АПЖ аймағына 10,0 км жолларға қум-тас араласпасы (ЩПС);

“Қостерек” АПЖ аймағына 18,5 км. аралыққа қум-тас араласпасы (ЩПС);

“Тазажол” АПЖ аймағына 7,5 км. аралыққа қум-тас араласпасы (ЩПС) төселди. Жǝми 35 км.

Сондай-ақ, Наўайы ўǝлаты қǝўендерлиги есабынан жай салып бериў ҳǝм шиферлап бериў бойынша бүгинги күнде “Көкши қала” МПЖда 52 шаңарақ, “Кеңес” АПЖ 50 шаңарақ, “Қостерек” АПЖ
42 шаңарақ, “Тазажол” АПЖ 37 шаңарақ жǝми 1-сектор бойынша
181 хожалықтың жайлары шиферланып берилди.

 

Ҳүрметли Депутатлар!

Сессия қатнасыӯшылары!

Мәҳәллебай ислеӯ, кәмбағаллықты қысқартыӯ бойынша

Пуқаралардың машқала ҳәм усынысларын үйме-үй жүрип үйрениӯ, халыққа әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин түсиндирип, анықланған машқалаларды орнында шешиў, сондай-ақ, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары көрилмекте.

Сондай-ақ, 2024-жыл даўамында 218 пуқара ҳəм исбилерменлерге 7 млрд. 100 млн. сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды, соннан “Кеңес АПЖ 2 млрд. 50 млн., “Көкши қала” МПЖ 1 млрд. 487 млн, “Қостерек” АПЖ 1 млрд. 108 млн, “Тазажол” АПЖ 2 млрд 479 млн. кредитлер шығарылды.

 

Көшпели қабыллаў бойынша

2024-жыл даўамында тастыйықланған график тийкарында
1-сектор аймағында 84 көшпели қабыллаў өткериў белгиленген болып, соннан 86 көшпели қабыллаў өткерилди. ϴткерилген көшпели қабыллаўларда юрикалық ҳǝм физикалық шахслардан
424 мүрǝжат келип түскен болса, соннан 353 мүрǝжат унамлы шешилди.

 

Бǝнтлик бағдарламасының орынланыўы бойынша

Бәнтлик бағдарламасы тийкарында 2024-жылда жәми 5,4 мыӊ халықты турақлы, мәўсимлик ҳәм ўақтыншалық жумысларда бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген (ПҚ-7-сан 09.01.2024-ж; ПҚ-66-сан 09.02.2024-ж). Атап айтқанда,

Аўыл хожалығы тараўында 3,3 мыӊ пуқараның (Соннан: 2,6 мыӊ пуқара мәўсимлик жумысларға);

Хызмет көрсетиў ҳǝм исбилерменликти раўажландырыў арқалы 1,6 мыӊ пуқараның;

Инвестиция жойбарларын иске түсириў арқалы 394 пуқараның;

Қурылыс тараўын раўажландырыў есабынан 186 пуқараның бәнтлигин тәмийинленди.

 

 

Дыққатларыңыз ушын рахмет!

 

 

Пайдалы ресурслар