Шымбай қаласы Республикамыздағы ең ески тарийхый қалалардың бири болыӯы менен бирге,қарақалпақ халкының бүгинги күнге шекем ең көп топланған ҳәм халықтың өтмиш тарыйхын сақлап киятырған аймақ болып есапланады.
Шымбай қаласының тарыйхый илимий жақтан изертлеӯ мәселеси 18-әсирден белгили.
Қарақалпақ халқының аӯызеки әдебиятын изертлеген белгили илимпаз К.Айымбетовтың баянлаӯынша Шымбай қалысының пайда болыӯы еситиӯимизше,қала пайда болмастан бурын бул жерди Чин-бай деген адам мәкан еткен.Көшпели шарӯалар қыс айлары келип үш-төрт айлаған малларын сатып жазы менен азық болғандай дән ғәллелерин алып саӯда қылады екен.Ал,бәҳәр айы келип,жаз шыққаннан кейин Шымбайдың базары жабылып саӯда-сатық ислери тоқтайды екен.
Ал сонғы заманлары Шымбай қыста да,жазда да базар болып,Шымбай қаласы үлкен шәҳәр,үлкен қала болған екен деседи.Шымбай қаласының аймағы ерте дәӯирлерден баслап ақ бул жерде жасаған көп санлы халықлары,олардың экономикалық ҳәм мәдений раӯажланыӯы менен белгили болған.Тарийхый жазба мағлыӯматларда 17-18-әсирлерге келип,бул қала Шах Темир деген ат пенен белгили болған.Егер қаланың тарыйхын 1714-жылы Шах Темир қаласы пайда болған дәӯирден есапқа алатуғын болсақ,онда Шымбай қаласына 280 жылдан асламырақ ӯақыт болғанлығын,ал егер Кердер қаласы усы бүгинги Шымбайдың тийкары деп есапласақ,онда мын жылдан асламырыақ тарийхқа ийе Әмиӯдәрияның арқасында жайласқан ески қалалардың биринен есапланады.Археолог М.Мәмбеттуллаев ҳәм тарийхшы О.Юсуповлар 1990-жылы қала турғыны Д.Сапаров тәрепинен табылған материалдың 19-20-әсирлерге тийисли деп,Шымбай қаласы орнында 10-әсирде қоныслық болған.Шымбай қаласының жасы 1000 жыл деп есаплайды.
Шымбай қаласының жасын анықлаӯ бойынша 1995-жыл Шымбай қаласы ҳәм Шымбай районы ҳәкимлигиниң бирлигинде Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх,археология ҳәм этнография институты тәрепинен шөлкемлестирилген илимий практикалық конференциядағы илимий баянатларда илимпазлар қаланың жасын 16-әсирдиң екинши ярымында 17-әсирдиң басында пайда болған ҳәм 350-400 жыл болды деп көрсетеди.
Шымбай қаласының әтирапындағы белгили тарийхый естеликлерге Күйик қала,Бағдат қала, Ахун баба Сасық бий естеликлери ҳәм басқада естеликлер болып,олардың тарийхыда Шымбай қаласынң пайда болыӯы ҳәм раӯажланыӯы менен байланыслы болып келеди.
Шымбай қаласының тарийхый ҳәм мәдений естеликлерин үйрениў үлкен аҳмийетке ийе. Шымбайдағы ең белгили тарийхый естеликлердиң бири Хан мешит болып есапланады. Ол Кегейли каналының оң тәрепинде жайласқан. Хан мешитте бурын жума намазы оқытылатуғын болған. Тарийхшы Х.Есбергеновтың жазыўынша Хан мешит бизиң жыл есабымыз бойынша 1904-1905-жыллары Ийгилик байдың жәрдеми менен салынған. Хан мешиттиң ишинен XV әсирге тийисли 48 куплеттен ибарат парсы тилинде жазылған тас плита табылған. Бул бойынша еки пикир бар: бири, Алланазар ахун Қосназаровтың тас плитадағы жазыўларды оқыўы бойынша бизиң жыл есабымызда 1410-1411жылларға туўра келеди. Ал Шығыстаныў институтының илимпазлары жазыўды XVIII әсирге тийисли деп көрсетеди. Бирақ тексттиң толық аўдармасы еле анықланбаған.1 Сонлықтан да тас плитадағы жазыўларды терең үйрене отырып, оның толық ҳәм анық аўдармасын жергиликли халықтың тарийхы ҳәм мәдений тарийхы бойынша дерек ретинде қолланыў керек екенлиги айтылады. Соның менен бирге айрым қатарлардың мазмуны белгили болып, онда тек ғана Шымбай қаласының социал-экономикалық, сиясий ҳәм мәдений турмысының дәрежесин көрсетип қоймастан, ал Қарақалпақстан халқының XVIII-XX әсирдиң басындағы мәдений турмысын да көрсетеди. Шымбай қаласындағы белгили ҳәм халкымыз тарийхында өз орнына ийе естеликлердиң бири тас больница болып есапланады. Естелик патша Россиясы дәўиринде салынған. Бул жерде 1916-жылы патшашылыққа қарсы үлкен көтерилис келип шыққан. Сондай-ақ 1919-жылы 5-14-август күнлери тас больница комиссарлардың штабы ҳәм олардың жасаған жайы болғанлығы айтылады. 1919-жылы 14-август күни бул комиссарлар қолға алынған. Жайдын улыўма көриниси «Е» формасында салынған. Жай 12 бөлме, 1 узын дәлиз, 28 айна, 16 қапыдан ибарат. Тас больница архивлик мағлыўматлар бойынша 1916-жылы 15-июньда питкерилген. Оған шәртнама бойынша 31726 р. 26 к. қаржы жумсалған.3 1970-жыллардан баслап жергиликли тарийхшылар Шымбайдағы ҳәм оның әтирапындағы тарийхый естеликлерди изертлеў бойынша жумыс алып барды. Олардың изертлеў жумысларында Ережеп қала, Сасық бийдиң қорғаны, Айымбет ийшан медресеси сыяқлы естеликлердиң планларын алып, олардың салыныў тарийхы бойынша баҳалы мағлыўматлар жыйнады. Усындай естеликлердиң бири Ережеп қала болып, Шымбай қаласының шығысында 3 км дай қашықлықта жайласқан. Илимпазлардың мағлыўматы бойынша қала XVIII әсирдиң ақыры XIX әсирдиң орталарында салынған. Ҳәзирги ўақытта бул естеликтиң пақсалары қулап, тек ғана үйилген топырақлары арқалы орнын анықлаўға болады. Ережеп қала ҳаққындағы дәслепки мағлыўматты 1874-жылы Шымбайға келген Л.Соболевтың жазғанларынан билиўге болады. 1874-жылы 3-июнь күни дилмаш Сартланов, И.А.Александров, еки Ураллы казакты алып Л.Н.Соболев Ережеп бийди көриў ушын қорғанына барады. 1985-жылы республикамыз илимпазлары Ережеп қала естелигин барып көреди. Олардың жазып алған мағлыўматы бойынша Ережеп бийдиң қаласы саўлатлы, көздиң отын аларлық төрт минары, хош рейли дәрўазасы бар еди. Ат қосшылар минарға шығып төрт дәрбентке бақлаў жүргизип турған. Ал ҳәзир сол төрт минар дүмпешикке айланған.1 Ережеп бийдиң қорғанының жобасы тарийхшы-этнограф Х.Есбергенов тәрепинен исленип 1980-жылы Ташкентте рус тилинде шыққан «этнография каракалпаков» китабында жәрияланады.2 Шымбай қаласының шығыс тәрепинде Тақжап каналының бойында XVII әсирде салынған Сасық бийдиң қорғаны бар. Қорғанның схемалық көриниси Х.Есбергенов тәрепинен исленип, жоқарыда көрсетип өткен Қарақалпақлардың этнографиясы китабында жәрияланған. Оның көрсетиўи бойынша Сасық бий қорғаны XVII-XVIII әсирдиң басында пақсадан қурылған.
Х.Есбергенов тарийхый дереклерге сүйене отырып, қарақалпақлардың қазақ ханы Тәўкениң қурамында жасаған дәўирлеринде, оның қарақалпақлар арасындағы толық ҳуқуқлы ўәкиллериниң бири Сасық бий болғанлығын атап өтеди.3 Сасық бий ҳаққында кейинги ўақытларда ғалаба хабар қуралларында бир қанша илимпазлардың, атап айтқанда С.Камалов, Х.Есбергенов, О.Юсупов, А.Қудияров, жазыўшылардан Ж.Муратбаевтың «Дығырық» романы, сондай-ақ газета-журналларда мақалалар жәрияланып, Сасық бийдиң қарақалпақ халқының белгили тарийхый тулғасы ретинде, халықтың келешеги ушын гүрес жүргизген басшыларының бири ретинде сөз етиледи. Илимпазлар үлкемизге келген рус экспедициясы ағзалары тәрепинен көп тилге алынған естеликлердиң бири Айымбет ийшан медресеси. Бул естеликтиң де схемалық планы Х.Есбергенов тәрепинен жоқарыдағы көрсетилген китапта бериледи. Медресе Қарақалпақстандағы ең ерте қурылған медреселердиң бири. Өзиниң формасы бойынша Айымбет ийшан медресеси XVII-XVIII әсирдеги естеликлерди еслетеди. Халық аўзындағы мағлыўматлар ҳәм археологиялық дереклер Айымбет ийшан медресесиниң XVI-XVII әсирдиң басларында салынған деп көрсетеди. Тарийхшы М.Қарлыбаев Айымбет ийшанды XIX әсирде Қарақалпақстандағы ең үлкен мешит-медресесине ийе ийшан ретинде көрсетеди. Сондай-ақ Айымбет ийшанның шынжырма-шынжыр киятырған әўладларын избе-из көрсетип береди. Оның ата-бабалары арасында қарақалпақ халқының тарийхында үлкен роль ойнаған тарийхый тулғалардың да болғанлығы атап өтиледи. Урпақларының бири Муптулла мақсымның мағлыўматлары бойынша Айымбет ийшанның өмири ҳәм хызмет еткен ўақты XVIII-XIX әсирдиң биринши ярымына туўра келеди. 1928-жылы Қарақалпақстанда барлық мешит-медреселер жаўылады.1 Шымбай қаласындағы тарийхый орынларға өнерментшилердиң жайласқан жерлерин де көрсетиўге болады. Кәсип ийелери өзлерине қолайлы жағдайларын есапқа алып белгили орынларда орналасқан. Атап айтқанда Үйши аўыл, Көкши қала, Қумбызшы аўыл, Қаншаның қудығы ҳәм басқа да атамалар ушырасады. Көкши қала қаланы патасламас ушын қаланың шетине орналасқан. Қумбыз қала бир орында болып Зәрип улы Рамбергенниң ҳәм оның әўладларының атадан балаға өтип киятырған кәсиби болып есапланады. Қаладағы белгили тарийхый орынлардың бири қудықлар болып есапланады. Олардың айрымлары бүгинги күни жарамсыз ҳалға келип көмилип қалған болса, ал айрымлары елеге шекем халқымызға хызмет етип киятыр. Солардың ишинде Қаншаның қудығы Шымбай қаласы турғынларына кеңнен белгили. Қудық бүгинги күнге шекем өзиниң әҳмийетин жоғалтпастан халықты ишимлик суў менен тәмийинлеп киятыр. Жергиликли қатықулак жасы үлкенлердиң айтыўы бойынша Көкши қалада Қанша деген бай ҳаял жасаған. Ол өзи отырған жерден қудық қаздырып ишин пискен гербиш пенен өрдиреди. Бул естеликлер қала тарийхын, оның материаллык мәдениятын үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе.